Усы жылдың 27-июнь күни «27-июнь Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен мәдений илаж шөлкемлестирилди.
Илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси Баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы Жалменов Улықбек Абылаевич ҳәм Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы Аяпов Жеңисбай Жарылқағанович қутлықлады.
Илажда бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, дөретиўшилик жумысларды әмелге асырыўда, Жаңа Өзбекстанды жаратыў жолында жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы ийгиликли жумысларында узақ жыллар даўамында пидәкерлик пенен хызмет етип атырған, сондай-ақ, елимиз Ғәрезсизлигин беккемлеўде, халқымыздың мәденияты ҳәм әдебиятын раўажландырыўда қосып киятырған үлеслери және кәсиплик аўқамларының жумысларындағы белсендилиги инабатқа алынып бир қатар баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлерине миннетдаршылық билдирилди.
Өткерилген илажда «27-июнь Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен «Əмиўдәрья» журналы, Қарақалпақстан хабар агентлиги, «Қарақалпақстан баспасы,» «Билим баспасы,» «Қарақалпақстан спорты,» «Қорақалпоғистон тонги,» «Еркин Қарақалпақстан,» «Қарақалпақстан жаслары» газеталарында узақ жыллар даўамында пидайы хызмет етип киятырған хызметкерлер Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң «Ҳүрмет жарлықлары» менен сыйлықланды ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: