Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниӊ VIII есабат-сайлаў конференциясы болып өтти

2025-жылы 18-июль сәнесинде Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан Кеңесиниӊ VIII есабат-сайлаў конференциясы болып өтти.

Конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы Орынбаев Аманбай Тлеубаевич, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси сенаты ағзасы, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы Рафиқов Қудратулла Мирсагатович ҳәмде бир қатар министрликлер, басқармалар ўәкиллери, конференцияның 121 делегатлары қатнасты.

Өткен есабат дәўири даўамында кәсиплик аўқамлары республикамыздағы ең үлкен пуқаралық жәмийет институтларының бири сыпатында усы бағдарда социаллық шерикшилик принциплери тийкарында жумыс алып барып үлкен жетискенликлерге ерискенлиги, соның менен бирге, кәсиплик аўқамлары ҳүкиметимиздиң ең жақын бирге ислесиўши ҳәм исенимли шериклеси сыпатында мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаўда, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жумысларында үлкен үлесин қосып келгенлиги ҳаққында сөз жүритти.

Илажда атап өтилгениндей, 2025-жыл кәсиплик аўқамлары жумысында әҳмиетли басқыш болып, быйыл кеңестиң тек ғана бес жыллық жумысының жуўмағы емес, ал ҳәрекеттиң 120 жыллығы да кеңнен белгиленбекте.

Конференцияда Қарақалпақстан кеңесиниң 2020-2025-жылларға байланыслы есабаты ҳәм тексериў комиссиясының жумысы ҳаққындағы есабаты да тыңланды ҳәм есабат дəўириндеги жумыслары қанаатландырарлы деп табылды, алдағы ўазыйпалары белгилеп алынды.

Мәжилис даўамында, Делегатлар жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы ҳәм оның орынбасарын сайлады.

Сайлаў нәтийжелерине бола, Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы лаўазымына Улықбек Абилаевич Жалменов ҳәм оның орынбасары лаўазымына Муратбай Қуанышбаевич Данияровлар ҳәмде атқарыў комитети, тексериў комиссиясының ағзалары ҳәм баслығы сайланды.

Соның менен бирге, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының IХ Қурылтайына делегатлар сайлады ҳәм Бас кеңес қурамына ўәкиллерин де тастыйықлады.