Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси кубогы өткерилди

2022-жылдың 3-ноябрь күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте Нөкис Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийетлик саламатлық техникумы спорт базасында денсаўлықты сақлаў хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түри бойынша 11-ноябрь “Кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси кубогы” жарысы өткерилди.

Спартакиаданың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң аналық ҳәм балалықты қорғаў ҳәмде репродуктив саламатлық бойынша орынбасары Асқаров Акмал Алишерович қатнасты.

Жарысқа тараў мәкемелеринен 27 команда қурамында 200 ден аслам хызметкерлер қатнасты.

Жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиялогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы командасы I-орынды, Шымбай районлық медицина бирлеспеси командасы II-орынды, Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы командасы III-орынды жеңип алды.

Соның менен бирге «Ең жақсы дәрўазаман», «Ең жақсы ҳүжимши», «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», «Ең жас қатнасыўшы», «Ең жақсы ойыншы», «Ең жақсы қорғаўшы» номинациялары бойынша жеңимпазларда анықланды.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар, номинация жеңимпазлары, жарысқа белсене қатнасқан командалар Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған тийисли дәрежедеги кубоклар, медальлар, дипломлар ҳәм де баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Жарысты шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем берген мәкемелерге Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар тапсырылды.