Усы жылдың 14-15 февраль күнлери Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тийисли жуўапкер қәнийгелер тәрепинен Нөкис районы тараўлық кеңеслер ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлерге кәсиплик аўқам жумысларын устав талаплары тийкарында алып барыў бойынша әмелий жәрдемлер көрсетилди.
Әмелий жәрдем көрсетиў даўамында кәсиплик аўқам органларында анықланған қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша Кеңес жуўаплы хызметкерлери тәрепинен оқыў-семинар шөлкемлестирилди. Оқыў-семинарда жәмәәтлик шәртнамаларды қабыл етиў, орынланыўын қадағалаў, мийнетти қорғаў мәселелери, мүрәжәәтлер менен ислесиў, мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт илажларын шөлкемлестириў, кәсиплик аўқам бюджетиниң мақсетли сарыпланыўы ҳәм ҳүжжетлерди рәсмийлестириў бойынша түсиниклер берилди.
Оқыў-семинар жуўмағында қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: