Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында 2023-2025 жыллар ушын қабыл етилген жәмәәтлик шәртнамасының 2024 жыл даўамында ис бериўши ҳәм кәсиплик аўқам комитети тәрепинен орынланғаны бойынша улыўмалық жыйналысы ҳәмде Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы кәсиплик аўқам комитетиниң 2020 жылдың февраль айынан 2025 жылдың февраль айы аралығында исленген ис ҳәрекети туўрысында есабат-сайлаў улыўмалық жыйналысы өткизилди.
Онда Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңеси Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Сейтназаров Ерғали Ержанович, Өзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңеси баслығы орынбасары Султонов Боходир Фазилович, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси шөлкемлестириў жумыслары бөлими меңгериўшиси Ильмурадова Гулнора Рейпназаровна ҳәм Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы директоры Есимбетов Адилбай Тлеповичлер қатнастылар.
Жыйналыста Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы хызметкерлери кәсиплик аўқамы дизиминде 168 ағзалардан 136 ағзалар (80,9 %) қатнасып, лекин 32 ағза үзрли себеблерге байланыслы қатнаса алмады. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша кәсиплик аўқам комитети баслығы етип Казакбаева Гулчехра Атабаевна сайланды.
Жыйналыс күн тәртибиндеги, мәселелер бойынша жуўапкерлердиң есабатлары оқып еситтирилип, мәселелер анализ қылып алынды. Өтген жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар анализ қылынып, алдыдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Жыйналыс шеңберинде усы жыл болып өтилетуғын есабат-сайлаўларды исенимли ҳәм әдалатлы өтиўин тәмийинлеўге байланыслы түсиник берилип өтилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: