Усы жылдың 12-май күни Нөкис қаласындағы 32-санлы улыўма билим бериў мектебинде кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелердиң жумысшы хызметкерлери ҳәм жаслар арасында дене тәрбия ҳәм спортты ҳәмде саламат турмыс тәризин ғалабалық түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Дене тәрбия сҳәм спорт-саўалландырыў жумыслары басқармасының Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси тәрепинен шөлкемлестирилген спорттың аўыр атлетика бойынша көп марте Өзбекстан чемпионы, өспиримлер арасында Азия чемпионы ҳәм «Мард ўғлон» көкирек нышаны ийеси Раджапов Алишер Мухадинович ҳәм усы мектептиң дене тәрбия оқытыўшылары, дене тәрбия амелиятшылары ҳәмде оқыўшылары менен ушырасыў илажы өткерилди. Илаж даўамында чемпион спортшы спортттағы ерискен нәтийжелери ҳәм басып өткен жолы хаққында айтып берди. Илаж жуўмағында оқыўшылардың қызықтырған Аўыр атлетика хаққында сораўларына жуўап берди.
Уқсас жаңалықлар
Оқыў семинары өткерилди
23.04.2025 22:04:36
318
Балалардың қысқы дем алысы мазмунлы ҳәм қызықлы өткерилди
10.01.2022 23:24:49
9237
Спартакиада жарыслары өткерилди
30.09.2024 09:29:23
2559
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: