Қарақалпақстан Республикасының Шымбай районы «Аўыл хожалығы тараўында гендер теңлик, сондай-ақ, фермер хожалықлары ҳәм кластерлерде ислеўшилердиң социал-экономика ҳәм хуқуқый қорғаўы, мийнет мүнәсебетлерин күшейтириў, бунда ХМТи ҳәмде миллий мийнет стандартлары бойынша тараў хызметкерлердиң хабардарлығын асырыў, соннан гендер теңлик, мәжбүрий ҳәм балалар мийнети” темасындағы әмелей семинар болып өтти.
Онда, Шымбай районы ҳәкиминиң биринши орынбасары С.Қайыпназаров сөзге шықты ҳәм аўыл хожалығы тараўында алып барылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер туўрысында сөз жүртди. Соннан соң Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңеси баслығының биринши орынбасары Тўхта Бозоров мийнеткешлерди социал-экономикалық қоллап-қуўатлаў, тараўға ағза ири кәрхана, шөлкемлер ҳәм агрокластерлер менен байланыслықларды жәнеде раўажландырыўдағы байланыслықлары туўрысында айтып өтти. Сондай-ақ, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Улықбек Жалменов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң шөлкемлестириў жумыслар бөлими баслығы Гулнара Илмурадова 2025 жылда Федерация дизиминде өткизилетуғын есабат-сайлаў кампаниясына таярлық көриў жумысларын шөлкемлестириў туўрысында түсиник берип өтти ҳәм Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Ерғали Сейтназаров ҳәмде Кеңестиң Мийнеткешлердиң социал-экономикалық мәплерин қорғаў бөлиминиң жетекши қәнийгеси Утепбергенов Еркин сонлықтан гендер теңлик, мәжбүрий ҳәм балалар мийнети темасында түсиник берип өтти.
Мийнеткешлерди социал-экономикалық тәрептен қоллап-қуўатлаў, кәрхана, шөлкем, фермер хожалықлары, агрокластерлерде мийнет мүнәсебетлери ҳәм қәўипсизлиги жумысларын шөлкемлестириў бойынша шөлкемлестирилген оқыў-семинар жуўмағында сораў-жуўаплар болып өтти ҳәм қатнасыўшылар тәрепинен киргизилген усынысларға жуўаплы хызметкерлер тәрепинен зәрүр усыныслар берип өтти.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: