Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығына бағышлап «Билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы ҳәптелиги» бойынша Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери Нөкис қалалық бөлимшеси қурамындағы билимлендириў мәкемелеринде иләжлар өткерилиўи режелестирилген еди.
Усы мүнәсибет пенен усы жылдың 23-апрель күни Нөкис қалалық 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен Өзбекстан Республикасының «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы, «Педагогтың статусы ҳаққында»ғы нызамлары, «Мийнет кодекси», «Өзбекстан Республикасы халықты социаллық қорғаў стратегиясы»ның әҳмийети ҳәм мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде оқыў-семинары өткизилди. Өткизилген оқыў-семинарына мектептиң басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеми ағзалары қатнасты.
Оқыў-семинары қатнасына жоқарыда атап өтилген нызамлардың мазмун-мәниси, хызметкерлердиң мүнәсип мийнет шараятында жумыс ислеўинде тутқан орны, бүгинги күнде хызметкерлерге жаратылып атырған имкәният ҳәм қолайлылықлар, оларды социаллық қорғаў тараўында алып барылып атырған жумысларға кеңнен тоқтап өтти.
Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығына бағышлап тарийхый дереклерге сүйенип таярланған тарқатпа материаллар қатнасыўшыларға тарқатылды.
Сондай-ақ, усы мектептиң ҳуқық таныў пәни муғаллими Г.Ималатдинова тәрепинен Өзбекстан Республикасы Мийнет кодекси бойынша кеңнен түсиник берилип, қатнасыўшыларға қосымша киргизилген өзгерислер ҳаққында кеңнен түсиник берди.
Оқыў-семинары барысында қатнасыўшылар сораўлар берип, өзлерине тийисли көп мағлыўматлар алып, семинардың мазмунлы болып өтиўинде белсендилик көрсетти.
Усы сыяқлы оқыў-семинарлары, ушырасыўлар қаламыздағы басқада билимлендириў мәкемелеринде реже тийкарында даўам еттирилип барылады.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: