«МЕНИҢ ПРЕЗИДЕНТИМ» атамасында дөретиўшилик жумыслар таңлаўы өткерилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәмде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси атқарыў Комитетиниң қоспа қарары менен улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшылар арасында «Мениң Президентим» дөретиўшилик жумыслары таңлаўы шөлкемлестирилмекте.

Таңлаўдың 1-басқышы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде 10-11 класс оқыўшылары арасында 20-ноябрьдан 4-декабрь сәнесинен шекем, 2-басқышы барлық улыўма орта билим бериў мектеплериндеги жеңимпазлары арасында қала ҳәм районлар көлеминде 6-декабрьден 14-декабрь сәнесине шекем, 3-басқышы барлық қала ҳәм районлардағы жеңимпазлары арасында Қарақалпақстан Республикасы көлеминде 15-декабрьден 20-декабрь сәнесине шекем өткерилиўи белгиленген.

Репсубликалық басқышында жеңимпаз болған оқыўшылар усы жылы 21-25-декабрь күнлери Ташкент қаласында өткерилетуғын Өзбекстан Республикалық басқышында катнасады.

«Мениң Президентим» таңлаўының 1-басқышында жергиликли улыўма орта билим бериў мектеплериндеги 10-11 класс оқыўшылар арасында «Жаңа Өзбекстан – мениң нәзеримде» атамасында эсселер таңлаўы көтеринки руўхта өткерилмекте.