1-декбарь Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тили берилгени күни. Усы сәне мүнәсибети менен «Нөкис халық аралық аэропорты» ЖШЖде байрам илажы өткерилди.
Илажаға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры ҳәм доцент оқытыўшылары келип Қарақалпақ тилиниң тарыйхы, раўажланыў басқышлары, излениў жумыслары ҳәм басқа әҳмийетли тәреплерин айтып өтти, бәршени байрам менен қутлықлады.
Сондай ақ Ажинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының театр жәмәәти өзиниң байрам концерти бағдарламасы менен қатнасты. Илаж соңында мийнманлар ушын аэропорт бойлап саяхат шөлкемлестирилди ҳәм оларға естелик саўғалары, мақтаў жарлықлары тапсрырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: