Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПФ-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланған «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» ның 67-мақсетинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, физикалық тәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланатуғын пуқаралардың санын асырыў, билим бериў шөлкемлери хызметкерлерин спорт илажларына кең қамтыў, олар арасында жарыслар шөлкемлестириў, спорт инфраструктурасын жақсылаў ҳәм зәрүр спорт инвентарлары менен тәмийинлеў, оқытыўшылардың физикалық белсендилик дәрежесин асырыў, билим бериў шөлкемлериндеги спорт секциялары ҳәм дөгереклер жумысларын раўажландырыўға көмеклесиў, оқытыўшылардың бос ўақытларында спорт пенен шуғылланыўлары ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси Атқарыў комитети, Қарақалпақстан Республикаси мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан жаслар ислер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасиның қоспа қарарын басшылыққа алыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси Атқарыў комитети, Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими, Нөкис қалалық 1-санлы спорт мектеби, Жаслар ислери агентлиги Нөкис қалалық бөлими қоспа қарары менен «Саламат денеде-сыпатлы билим» сүрени астында Кәсиплик аўқамлары кубогы ушын Нөкис қаласындағы улыўма орта билим бериў мәкеме(мектеп)лери ортасында спорттың киши футбол, волейбол, стол тенниси, шахмат, шашка түрлеринен жарыслары 1-сектор 38-мектеп, 2-сектор 21-мектеп, 3-сектор 32-мектеп, 4-сектор 6-мектеплерде өткизилиўи режелестирилген.
Усы жылдың 10-апрель күни спорттың шахмат, шашка ҳәм стол теннис түрлеринен спорт жарыслары өткерилди. Жарыс жуўмағында ең епшил ҳәм шаққан ҳәрекет еткен спортшылар жоқары орынларды алыўға еристи. Ҳәр бир сектордан жоқары нәтийже көрсетип 1-орынды ийелеген қатнасыўшылар жарыстың қалалық 2-басқышына жолламаны қолға киргизди. Бес баслама олимпидасы бойынша жарыстың қалған түрлеринен спорт жарыслары кейинги күнлерде реже тийкарында даўам еттириледи.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: