Усы жылдың 5-май күни Әмиўдәрья районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 17-октябрдеги ушырасыўында белгиленген ўазыйпалар ҳәмде “2026-жыл – Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы” Мәмлекетлик дәстүри шеңберинде Қарақалпақстан Республикасындағы фермер хожалықларының 103 аймақлық басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкемлери баслықларына ҳәзирги күнде усы шөлкемлер ис ҳәрекетиниң жоқарлатыўын жолға қойыў, шөлкемлестириў-норматив жумысларын туўры шөлкемлестириў ҳәм баслықларына әмелий көмек бериў мақсетинде оқыў-семинар шөлкемлестирилди.
Семинар даўамында:
-кәсиплик аўқамлары ҳәрекетин жетилистириў
-хызметкерлердиң мийнет ҳуқуқлары ҳәм социал мәплерин қорғаў
-тармақтағы реформалар мазмуны
бойынша тийкарғы ҳәм әмелий мағлыўматлар берилип өтилди.
Сондай-ақ, қатнасыўшылар Әмиўдәрья районы Шайкөл АПЖдағы “Дослық-Толқын” аймағындағы басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеми баслығы ханасына барып, алды тәжрийбелери менен жақыннан таныстырылды.
Семинар даўамында қатнасыўшылар өз-ара тәжрийбе алмасып, кәсиплик аўқамлары тәжрийбелерин жәнеде жетискенликлерин пайда етиў бойынша жаңа билим ҳәм көнликпелерине ийе болды.
Семинар даўамында қатнасыўшыларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының тәжрийбесин асырыў институтының сертификатлары тапсырылды.








Spelling error report
The following text will be sent to our editors: