Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-август күнги ПҚ-5227-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген ҳәм Орайлық Азияда бирден-бир болған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының «Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясы» мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлап бериў мақсетинде 2022-2023 оқыў жылында өз искерлигин баслаўы белгиленген.
Академия жумысын шөлкемлестириў, оны басқарыў, ҳәмде 2022-2023 жылларда оқыўды баслаў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының 2022-жыл 6-апрелде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының ««Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясы» жумысларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 6-83 «с» санлы қарары қабыл етилди.
Усы қарардың 7-бәнти менен, кәсиплик аўқам органларының Академияда 2022-2023 оқыў жылы ушын қабыллаў басланғанын кең жәмәәтшиликке үгит-нәсиятлаў ҳәм жоқары маманлыққа ийе кадрларға мүтәжлиги болған, хызметкерлерди оқытыўды режелестирген шөлкемлер менен ислесиў белгиленгенлиги себепли, усы жылдың 26-июль күни Қарақалпақстан Республикасына Академия оқыў ислер бойынша 1-проректоры Атаматов Абдухалил Саломович ҳәм Академия проректоры Мирзажонов Азим Хакимжоновичлер келип жоқары оқыў орынлары, орта арнаўлы билимлендириў мекемелери ҳәм олардың басқарма ўәкиллери, халық билимлендириў ўәкиллери, абитурентлер, кәсиплик аўқам белсендилери ҳәм ири кәрхана шөлкем ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Академияда бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм 2022-2023 оқыў жыллары ушын күндизги тәлимниң бакалавр жөнелисине абитуриентлердиң Академияға ҳүжжет тапсырыўы менен байланыслы болған мәселелер бойынша ушырасыў қатнасыўшыларына кеңнен түсиниклер берди. Соның менен бирге ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған барлық саўалларына жуўаплар алды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: