“КӘСИПЛИК АЎҚАМЫ КУБОГИ” спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди

Нөкис қаласы 2-санлы спорт мектебинде “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде билим бериў мәкемелери оқытыўшылары арасында “Саламат денеде – сапалы билим” сүрени астында Кәсиплик аўқамы кубоги спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәмде Өзбекстан жаслар ислер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармас тәрепинен тастыйықланған қоспа қарарға тийкар “Саламат денеде – сапалы билим” сүрени астында Кәсиплик аўқамы кубоги спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы Нөкис қаласы 2-санлы спорт мектеби, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәмде Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайыда болып өтти.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри А.Алланазаров, Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги, Өзбекстан жаслар ислер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ўәкиллери ҳәмде тараўлық кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслықлары, жуўаплы шөлкемлестириўшилери ҳәмде тийисли министрликлер ўәкиллери қатнасты. Жарыста өткен басқышларда жеңимпаз болған 17 командаларда 357 оқытыўшы устазларымыз спорттың ғалабалық түрлери мини-футбол, шахмат, шашка, стол тенниси ҳәмде волейбол түрлери бойынша өз-ара күш сынасты. Бул жарыслардың өткен басқышларында 15 мың 078 дан артық билим бериў мәкемелериниң хызметкерлери қатнасты.

Күн даўамында спорт жарыслары қызғын өтип ҳәм тәжирийбели төрешилер тәрепинен жеңимпазлар ҳәм командалық есапта утып шыққан жеңимпазларды анықлады.

Бунда:

Спорттың СТОЛ ТЕННИСИ түри бойынша Ҳаял-қызлар арасында 3-орынды Бобожонова Эътибор Әмиўдәрья районы, 2-орынды Сатимова Гулхумар Нөкис қаласы, 1-орынды Худайбергенова Юлдуз Тақыятас районы, ал Ерлер арасында болса 3-орынды Қилишбаев Нурлибай Мойнақ районы, 2-орынды Юлдашев Дониёр Әмиўдәрья районы, 1-орынды Елликқала районынан Қурбанов Ихтиёрлар ийеледи.

Гезектеги ШАХМАТ түри бойынша Ҳаял-қызлар арасында 3-орынды Хамидуллаева Жамила Қараөзек районы, 2-орынды Абдижамилова Гулназ Хожели районы, 1-орынды Бекмуратова Гулсауир Шымбай районы, Ерлер арасында болса 3-орынды Турейев Бахадир Қоңырат районы, 2-орынды Дилимбетов Саламат Нөкис қаласы, 1-орынды Тақыятас районынан Қайпанов Рустемлер ийеледи.

Спорттың ШАШКА түри бойынша Ҳаял-қызлар арасында 3-орынды Мамутова Гулжахан Нөкис қаласы, 2-орынды Танырбергенова Алима Қараөзек районы, 1-орынды Қоңырат районынан Уразбаева Дилфуза, Ерлер арасында болса 3-орынды Абдиганиев Рустем Шымбай районы, 2-орынды Ешимбетов Амин Әмиўдәрья районы, 1-орынды Қоңырат районынан Абдиреймов Бахадирлер ийеледи.

Спорттың ВОЛЕЙБОЛ түри бойынша 3-орынды Тахтакөпир районлық командасы, 2-орынды Беруний районлық командасы, 1-орынды Нөкис қалалық командалары ийеледи соның менен бирге, спорттың МИНИ-ФУТБОЛ түри бойынша 3-орынды Нөкис қалалық командасы, 2-орынды Кегейли районлық командасы, 1-орынды Нөкис районлық командалары жеңимпаз деп табылды.

“Саламат денеде – сапалы билим” сүрени астында “Кәсиплик аўқамы кубоги” спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышында командалық есапта 3-орынды Қоңырат районы, 2-орынды Тақыятас районы, 1-орынды Нөкис қалаллық командалары жеңимпаз деп табылды.

Улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеп жеңимпаз болған Нөкис қалалық командасына “Кәсиплик аўқамы кубоги” ҳәмде 30 миллион сум пул сыйлығы тапсырылды.

Сондай-ақ, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен түрли номинациялар бойынша соның менен бирге, жеңимпаз командаларға диплом ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң саўғалары тапсырылды.