Жаслар менен ислесиўдиң өзгеше жандасыўы

Бул сапарғы ушырасыўда, ҳәрдайымғыдан жаңаша жандасылды. Ушырасыў орны болса мәжилислер залы емес театр, лекция орнына спектакль, ал жаслар менен сәўбетке болса текғана басшылар емес бәлки халық артисти ҳәм мәденият хызметкерлери қатнасты.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет академиалық музыка театри 21-февраль күни ҳәрдайымғыдан да толы болды.

Ушырасыўда тараў системасында мийнет етип атырған 550 жас жумысшы -хызметкерлер, студент жаслар, Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңеси баслығы Отабек Мусаев, Өзбекстанға ҳызмет көрсеткен артист Фотих Жалолов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының туризм, мәденият, мәдений мийраслар ҳәм ғалабалық коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары Р. Зарикеев ҳәм де Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияровлар қатнасты.

Ушырасыў басында Өзбекстан Мәмлекет Сатира театрының шебер актёрлары тәрепинен Маар Байжиев қәлемине тийисли болған «Қалбим соҳили» атлы спектакли көрсетилди.

Спектаклдан кейин ашық сәўбетлесиў басланып, онда көрсетилген спектакльдың тәрбиялық тәреплери ҳаққында тоқталып өтилип, жаслардың пикирлери тыңланди.

Ашық сәўбетлесиў ўақтында кәсиплик аўқамлары искерлиги ҳәм де мәмлекетимизде жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаты бойынша әмелге асырылып атырған реформаларға байланыслы викторина ойыны өткерилди. Сораўларға туўры ҳәм шаққанлық менен жуўап берген 20 жеңимпазларына диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.