Спорт жарысы өткерилди

9-апрель “Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы күни” мүнәсибети менен Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси тәрепинен 2022-жыл 8-апрель күни спорттың стол тенниси ҳәм бадминтон түрлери бойынша қаладағы 32-санлы улыўма билим бериў мектебинде тармақ мәкемелеринде ислеўши хызметкерлер арасында жарыслар өткерилди.

Жарысларға 74 хызметкер қатнасты.

Жарыс жуўмағында шөлкемлестириўши тәрепинен жеңимпазларға дипломлар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.