Жаслар арасында спорт жарысы өткерилди

Президентимиз тәрепинен елимизде ҳәр ҳәптениң пийшемби күни – Жаслар күни етип белгиленгенинен берли, билилмлендириў мәкемелеринде усы күни жаслардың қатнасыўында бир қатар илажлар өткерилип келинбекте.

30-июн-“Жаслар күни” байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңе ҳәмде Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими биргеликте тармақтағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде ислеўши хызметкерлер арасында Волейбол спорт жарысы усы жылдың 2-июл күни Нөкис қаласы 32-санлы улыўма орта билимбериў мектеби базасында өткизилди.

Бул жарыста қалалық қалалық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде мийнет етип атырған хызметкерлер қатнасып, өз-ара күш сынасты.

Қызғын тартыс ҳәм өзара келисимсиз гүреслер астында өткен жарыс хызметкерлердиң спортқа болған қызығыўшылығын жәнеде арттырып, олардың жениске болған тилегин беккемледи. Барлық қатнасыўшылар жарыста жеңимпаз болыў ушын жуўапкершилик пенен ҳәрекет етти.

Жарыс соңында жеңимпазлықты қолға киргизген командалар ағзалары бөлимше тәрепинен тайарланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Бул илаж тек ғана байрам саўғасы емес, ал хызметкерлердиң саламатлығын еледе беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.