Балалардың қысқы дем алысы мазмунлы ҳәм қызықлы өткерилди

2022-жыл 2-9-январь күнлери аралығында балалардың қысқы дем алысын мазмунлы өткериў мақсетинде 7-14 жастағы 100 бала ушын Мойнақ районындағы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясына қараслы «Ақ кеме» балалар дем алыў ҳәм саўаландырыў орайында қысқы дем алысы шɵлкемлестирилди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 2021-жыл декабрь айында болып өткен «Мениң Президентим» дөретиўшилик жумыслары көрик-таңлаўының III Қарақалпақстан Республикасы басқышына қала ҳәм районлардан қатнасқан оқыўшылар бийпул дем алысы шөлкемлестирилди.

Ҳәр бир күнниң мазмунлы ɵтиў ушын барлық шараятлар жаратылған болып балаларға байрам мәдениятын ҳәм байрамға тийисли жақсы эмоциональ мүнәсибетлерин қәлиплестириў мақсетинде олардың қызығыўшылықлары ҳәм қәбилетлери бойынша ҳәр қыйлы дөгереклер, мәдений-ағартыўшылық илажлары, көрик-таңлаўлар, спорт жарыслары ҳамде концерт бағдарламалары өткерилди.

Орайда барлық қолайлықларға ийе болған мәнаўият-мәрипат бөлмеси, бай китап фондына ийе заманагөй мәлимлеме-ресурс орайы, керекли әсбап-үскенелер ҳәм ең соңғы үлгидеги ағартыўшылық көргизбелерине ийе дөгерек ханалары бар болып қысқы дем алыс балаларға жүдә мазмунлы болып өтти.