Мийнет ветеранлары менен ушырасыў

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Улығбек Абылаевич Жалменов ҳәмде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы ўәкили, Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңеси баслығы Бедилов Равшан Мэлсовичлар менен биргеликте 2024-жыл 26-декабрь күни Кәсиплик аўқамлары системасында узақ жыллар ислеген мийнет ветеранлары менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мажлислер залында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда кәсиплик аўқамларының тарийхы ҳәм бүгинги күндеги әмелге асырылған жумыслары соның менен бирге, 2025-жылда Өзбекстан кәсиплик аўқамларының гезектеги IХ Қурылтайы ҳәмде 120 жыллық юбелей байрамын кең белгилеў ҳәм олар шеңберинде өткерилиўи белгиленген бир қатар илажлар ҳаққында сөз жүритти.

Атап айтқанда, бир қатар көрик таңлаў ҳәм форумлар, конференция, ушырасыўлар, көргизбели ҳәм спорт илажлар соның менен бирге, жаңадан қурылып атырған бир қатар имаратлар, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районында жаңа заманагөў көринистеги, барлық қолайлықларға ийе «Бозатаў» санаториясының пайдаланыўға тапсырылыў ҳаққындағы мағлыўматлар берип өтти.

Соның менен бирге, мийнет ветеранларына қаратылып атырған итибар, руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, мәдений дем алыў, тарийхый қала ҳәм зиярат орынларына саяхатларын шөлкемлестириў ҳәм системадағы санаторийларда денсаўлықларын беккемлеў сыяқлы исленип атырған жумысларына миннетдар екенин билдирди мийнет ветераны Хасен Ермағанбетов.

Илаж соңында, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы басшыларының жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен бәрше мийнет ветеранларына арналған қутлықлаў ҳәм жаңа жыл саўғалары тапсырылды.