Бүгин дүняда экологиялық мəселелер ҳəўиж алып инсаният турмысына, саламатлығына үлкен зəлел жеткизип атыр. Дүня мəмлекетлери екологиялық машқалаларди сапластырыў бойынша қатар ҳəрекетлерди əмелге асырып атыр. Атап айтқанда, елимиздеде де мəмлекетимиз басшысы басламасы менен экология саласындағы қатар машқалалардың алдын алыў, олардың унамсыз ақыбетлерин жеңиллестириўге қаратылған əмелий жумыслар алып барылмақта.
Президентимиз тəрепинен 2025-жылды Өзбекстанда “Қоршаған -орталықты асыраў ҳəм “жасыл” економика жылы” деп аталыўыда де бийкарға емес.
2025-жыл 3-май күни Өзбекстан кəсиплик аўқамлары Федерациясиниң Қарақалпақстан кеңеси тəрепинен Экотуризм акциясы шөлкемлестирилди.
Акцияны шөлкемлестириўден мақсет жаслар арасында қоршаған-орталықты асыраў ҳəм экологиялық мəдениятты раўажландырыўдан ибарат.
Иләж шеңберинде 50 нураний ҳəм жаслардан ибарат топар қатнасыўында Шылпық қорғаны ҳəм Бадай тоғай қорықханасына саяхат етилди.
Қатнасыўшылар саяхат қылыў менен шекленип қалмастан сапар етилген орынлар əтирапларын ҳәртүрли тасландықлардан тазалаў жумыслары менен де шуғылланды.
Экотуризмнинг мақсети де ҳəзирги ҳəм келешек әўладлардың экологиялық қәўипсизлиги ҳəм турақлы раўажланыўды тəмийинлеў ушын тəбияттан туристик жөнелислерде ақылға сай пайдаланыў, оны қайта тиклеў ҳəм қорғаўдан ибарат.
Тəбиятты асыраў – келешекти асыраў, сондай екен. Әлбетте, кəсиплик аўқамы тəрепинен шөлкемлестирилген Экотурзим акциясында да əйне тəреплер өз саўлелениўин тапқан.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: