28-апрель күни, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен «28-апрель-«Пүткил дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күни»не бағышланған «Мийнетти қорғаўдыӊ жаӊа басқышы: жумыс орнында жасалма интеллект ҳәм санластырыўдыӊ роли» атамасы астында Дөгерек сәўбети өткерилди.
Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығыныӊ орынбасары, Қарақалпақстан Кеӊеси баслығы У.Жалменов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Шөлкемлестириў бөлими меӊгериўшисиниӊ орынбасары Ж.Ихтияров, Өзбекстан транспорт жол қурылыс, курылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары Б.Султанов, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм камбағаллықты қысқартырыў министрлиги, Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети Қарақалпақстан аймақлық бөлими, Бас шыпакерлик-социаллық экспертизасы, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ўәкиллери ҳәмде кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем хызметкерлери қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары мийнетти қорғаў барысында пайдаланылатуғын көргизбели қураллар менен таныстырылды.
Дөгерек сәўбетиниң мақсети, мийнетти қорғаў саласында жасалма интеллект ҳәм санластырыўды системалы тәризде жолға қойыў болып, жасалма интеллект бул инсан мийнетин жеӊиллестириў, нәтийжеликти асырыў ҳәм жаӊа имканиятлар жаратыўда әҳмийетли роль ойнайды.
Жасалма интеллекттен системалы тәризде пайдаланған ҳалда хызметкерлерге қәўипсиз мийнет шәраятларын жаратыў, олардыӊ мийнетин жеӊиллестириў, өндирис пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў киби мийнетти қорғаў саласында ҳәм турмыслық әҳмийетке болған жағдайлар бойынша сораў-жуўаплар ҳәм пикир алмасыўларға бай тәризде болып өтти.
Негизи инсандағы уллы интеллекттиӊ мийўеси болған жасалма интеллекттен мәмлекетимизде де пайдаланылмақта. Буған мәмлекет хызметлерин көрсетиўде жасалма интеллекттен пайдаланып атырғанлығын мысал етип келтириў мүмкин.
Халыққа онлайн хызметлерди усыныў ҳәм 24/7 режиминде мәмлекет хызметлерине байланыслы сораўларға жуўап алыў имканиятларын жаратыў бойынша нәтийжели ислер алып барылмақта.
Дөгерек сәўбетиниң жуўмағында мийнет қорғаўы ҳәм қәўипсизлиги бойынша жәмәәтлик қадағалаўын шөлкемлестириў бойынша Республика көрик-таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеңимпаз болғанлар қымбат баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: