“Мийнет саласындағы зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер” темасында дөгерек сәўбети өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 16-февраль күнги ПФ-22-санлы Пәрманы менен тастыйықланған «Өзбекстан-2030» стратегиясының «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама бойынша әмелий илажлар режеси»нде усы жылда әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелерди додалаў ушын кәсиплик аўқамлары белсендилери ҳәм жумыс бериўшилердиң Ҳүкимет, басқармалар ўәкиллери менен жәмәәтшилик еситиўлерди шөлкемлестирип барыў, онда мийнеткешлердиң жумыс орынларында ушрасып атырған машқалалар ҳәм усынысларды додалаў арқалы шешим табыўға ерисиў белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен 2026-жыл 21-август сәнесинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси мәжилислер залында Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары белсендилериниң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, министрликлер, басқармалар ўәкиллери менен биргеликтеги «Мийнет саласындағы зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Дөгерек сәўбетти Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Улықбек Жалменов ашып берди ҳәм алып барды.

Дөгерек сәўбетиниң өткерилиў бағдарламасы тийкарында Мийнеткешлердиӊ социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими меӊгериўшиси П.Торемуратовтыӊ «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы: «Жалғыз Ўатан, жалғыз халық болып, жаңа өмир ҳәм келешек жаратамыз!» атамасындағы баянаты, Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бөлим баслығы Д.Алланиязовтыӊ «Бюджет шөлкемлерде мийнет ҳақы, социаллық қорғаў ҳәмде мийнетти қорғаў жумысларын қаржыландырыў мәселелри» ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң  мийнет ҳуқық инспектори Б.Даулетбаевтыӊ «Мийнет саласындағы нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша машқалалар ҳәм шешимлер» ҳаққындағы баянатлары тыңланды.

Буннан соң кәсиплик аўқамлары белсендилери, мәкеме ҳәм кәрханалар  тәрепинен халықтыӊ бәнтлигин тәмийнлеў, олардыӊ мийнет ҳуқықларыныӊ кепилликлерин күшейттириў, хызмет сапары пулларын төлеў мәселелери, сондай-ақ, бүгинги күнде қурылыс, аўыл хожалығы ҳәм өндирис тараўларында еӊ көп ушырасатуғын әҳимийетли машқалалардан бири рәсмий емес бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықларын мийнет шәртнамасы менен рәсмийлестирмей жумыс ислеў жағдайлары, мийнет шәртнамасын рәсмийлестирмей жумыс ислеп атырған пуқаралардың мийнет ҳақы, мийнет дем алысы, социаллық қамсызландырыў, пенсия стажы ҳәм мийнетти қорғаўға байланыслы ҳуқықлары менен кепилликлерин тәмийинлеўде ушырасып атырған машқалалар ҳәмде олардыӊ ақыбетлери ҳаққында, “UzASBO” дәстүрин Мийнет кодекси талапларына масластырыў бойынша берилген сораўларға тийисли министрлик, басқарма ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери өз жуўап-усынысларын берди.

Сондай-ақ мийнет саласындағы зәрүр әҳмийетке ийе, шешимин табыў керек болған айырым мәселелер бойынша тийисли министрликлер, шөлкемлер менен биргеликте жумыс алып барыў кереклиги атап өтилди.

Илажда 61 кәсиплик аўқамының белсендилери ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.