Инсан қәдирин арттырыў, мийнеткешлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, олар ушын мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социал сиясаттың жоқары туратуғын бағдарларынан есапланады. Буған байланыслы қурылыс саласында жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, қәўипсиз ҳәм саламат мийнет орталығын қәлиплестириў ҳәм де бәнтликти рәсмийлестириўге қаратылған жумыслар избе-из даўам еттирилип атыр. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен тастыйықланған “Қурылыс саласында мүнәсип, қәўипсиз саламат мийнет шараятларын жаратыў ҳәм де бәнтликти рәсмийлестириўге көмеклесиў” жойбары шеңберинде белгиленген илажлар атқарылыўын тәмийинлеў мақсетинде орынларда үйрениў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлер кәсиплик аўқамы Республика кеңесиниң мийнети қорғаўы бойынша бас қәнийгеси Д. Т. Хошимова басшылығында тармақ кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Г.Т.Палуаниязова қатнасыўында Нөкис қаласында жайласқан » TUPROQQALA MAXSUS ҚУРИЛИШ» ЖШЖ де үйрениў жумыслары алып барылды. Жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде бүгинги күнде рәсмий 74 жумысшы мийнет ислеп атыр, соннан 4 ҳаял кызларды қурайды. Жәмийет басшысы Мелишов Айбек Абатович.
Жәмийет бүгинги күнде Нөкис қаласындағы Республика қәнийгелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы имаратын тазадан жумысларын алып барып атыр. Үйрениўлер даўамында кәрханада мийнет қатнасықларының нызамшылық талаплары тийкарында жолға қойылғанлығы, хызметкерлер менен мийнет шәртнамалары рәсмийлестиргенлиги, жумыс орынларда мийнет қәўипсизлиги ҳәм техника қаўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи жағдайы нәзерде тутылған.
Жумысшылардың жеке қорғаў қураллары менен тәмийинленгенлиги, санитария-гигиена талапларына әмел етилиўи ҳәм де социал-хожалық шараятлар үйренилди. Үйрениў даўамында жумысшылар менен сәўбетлесилди ҳәм кәсиплик бирлеспелери ҳаққында мағлыўматлар берилди. Өзлерин қызықтырған сораўлларына жуўаплар берилди. Соның менен бирге буған байланыслы алып барылып атырған жумыслар бойынша Нокис қаласында жайласқан «AJ Yatirim» ЖШЖ XK, Қарақалпақстан Республикасы жоллардан тураклы пайдаланыў мәмлекетлик шолкеми, Нөкис районы жоллардан пайдаланыў мәмлектлик мекемеси искерлиги де үйренилди.
Қурылыс тараўы жоқары жуўапкершилик ҳәм айрықша итибар талап ететуғын жөнелислерден болып есапланады. Сол себепли жумыс орынларда қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел қылыў, мийнет қәўипсизлиги бойынша әмелий илажларды үзликсиз өткерип барыў ҳәм де хызметкерлердиң ҳуқықый билимлерин асырыў зәрүрли әҳмийетке ийе болады. Буған байланыслы кәсиплик аўқам тәрепинен жумыс бериўши менен нәтийжели байланыс алып барып, жумыс бериўшилер менен социал шериклик қатнасықларын және де беккемлеў илажлары иске кѳрилмекте. Кәсиплик бирлеспелери тәрепинен жумыс бериўшилер менен турақлы байланыс орнатыў, хызметкерлердиң ҳуқықый саўатлылығын асырыў ҳәм де жумыс бериўшилер менен социал шериклик қатнасықларын беккемлеў бойынша жумыслар избе-из даўам еттирилип атыр.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: