Жас оқытыўшылар менен ушырасыў

2026-жыл 16-апрел күни Нөкис қаласындағы 22-санлы орта мектепте жас оқытыўшылар менен ушырасыў болып өтти. Бул илаж Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен шөлкемлестирилди.

Ушырасыўдан гөзленген тийкарғы мақсет жас оқытыўшыларды қоллап-қуўатлаў, олардың белсендилигин асырыў ҳәм де билимлендириў тараўындағы қосып атырған үлеси ҳәм басламаларын хошаметлеўден ибарат болды. Атап өтиў керек, бул мектеп жамәәтиниң дерлик 30 пайызын жас оқытыўшылар қурайды.

Илаж даўамында қатнасыўшылар арасында қызғын сәўбет болып өтти, тараўдағы актуал мәселелер талқыланды. Соның менен бирге, оқытыўшылар арасында “Заковат” интеллектуаллық ойыны шөлкемлестирилип, қатнасыўшылардың билим ҳәм қәбилети сынақтан өткерилди.

Белсене қатнасқан топарлар арасынан жеңимпазлар анықланып, олар мүнәсип сыйлықланды.