Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мәжилислер залында Кеңес дизиминдеги кәсиплик аўқам органларында биринши мәрте жумыс баслаған кәсиплик аўқам белсендилериниң жумысларына жақыннан жәрдем бериў, оларға жол жоба көрсетиў мақсетинде “Жаңадан сайланған кәсиплик аўқам комитет баслықларын кәсиплик аўқам жумыслары менен жақыннан таныстырыў” атамасында оқыў-семинар болып өтти.
Онда Ден саўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси қурамындағы 30 ға жақын жаңадан сайланған кәсиплик аўқам басланғыш шөлкем баслықлары қатнасты.
Оқыў-семинарда Жаңадан сайланған кәсиплик аўқам басланғыш шөлкем баслықларының кәсиплик аўқамы ағзаларының ҳуқықый мәдениятын асырыўда, социаллық шерикшиликти раўажландырыў арқалы мийнеткешлердиң социал-економикалық ҳәм ҳуқықый мәплерин қорғаў мәселелери бойынша кәсиплик көнликпелерин қәлиплестириў, Федерацияға ағза шөлкемлер басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлери жумысларын жанландырыўға ҳәм нәтийжелигин асырыўға, барлық дәрежедеги кәсиплик аўқамлары кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм квалификациясын асырыў, сондай-ақ, кәсиплик аўқамы жетекшилерин, қәнигелери ҳәм белсендилериниң оқытылыўын жәнеде жетилистириў бойынша комплекслик системаны раўажландырыў, кәсиплик аўқам ҳәм оның кеңеслериниң барлық бағдардағы жумысларын кәсиплик аўқам ағзаларының мәплерин қорғаў ҳәмде мақсетлери ушын жумысларын сапалы, нәтийжели шөлкемлестириў, жаратыў бойынша комплексли ис-илажларды әмелге асырыў, мийнет қатнасықларын раўажландырыўда кәсиплик аўқамлары хызметкерлердиң мийнет тараўында нызам менен қорғалатуғын ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәплерин тәмийинлеў, кәсиплик аўқамларыдың тийкарғы жумыс бағдарлары бойынша жәмийеттеги тәсирин күшейтиў ең әҳмийетли ўазыйпалар етип белгилеп алынды.
Оқыў-семинар барысында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары, Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Жалменов Улуғбек Абылаевич, “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тарыйхы ҳәм бугинги күндеги искерлиги, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ғәрезсизлик жылларында, Жаңа Өзбекстанның жаңа кәсиплик аўқамлары, 11-ноябр “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни”, кәсиплик аўкамы өмириндеги жаңаланыўлар, өзгерислер ҳәмде режелер ҳаққында ҳаққында қатнасыўшыларға кеңнен түсиник берди.
Сондай-ақ, оқыў-семинар бағдарламасына тийкар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси шөлкемлестириў жумыслары бөлими меңгериўшиси Гулнара Илмурадова “Кәсиплик аўқамлары басланғыш шөлкемлери жумысларын устав талаплары ҳәм норматив ҳүжжетлер тийкарында шөлкемлестириў, жумысларды жобаластырыў”, “Басланғыш шөлкемлерде өз қарарлары, жоқары шөлкемлерден түсип атырған ҳүжжетлерди орынлаў бойынша мониторинг алып барыў”, “Кәсиплик аўқам комитети мәжилисин өткериўге таярлық көриў ҳәм өткериў”, Кеңес мийнет-ҳуқықы инспекторы Махсет Пурханов “Өзбекстан Республикасының “Кәсиплик аўқамлары ҳаққында”ғы жаңа Нызамы, жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнет мүнәсибетлерин тәртипке салыў ҳәмде мийнет тартысларын шешиўдиң ҳуқықый тийкарлары”, Кеңес мийнеткешлердиң социал-економикалық мәплерин қорғаў бөлими жетекши қәнигеси еркинбай Утепбергенов “Жәмәәтлик шәртнамаларды дүзиўдиң ҳуқықый тийкарлары”, Кеңестиң мәдений-ағартыў ҳәм спорт жумыслары бөлими меңгериўшиси Гулмурат Тлепов “Мийнет жәмәәтлеринде мәдений-ағартыў, дене-тәрбия ҳәм спорт жумысларын шөлкемлестириўдиң тийкарғы жөнелислери”, Кеңес мийнетти қорғаў бойынша жетекши қәнигеси Султан Оразымбетов “Мийнетти қорғаў тараўында кәсиплик аўқамларының роли” атамаларында теориялық ҳәм әмелий шынығыўлар өткерди.
Оқыў-семинар жуўмағында қатнасыўшылар өз-ара пикир алмасты ҳәм өткерилген оқыў-семинар бойынша анкета сораўларына жуўаплар берди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: