1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамына бағышлап Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими менен биргеликте усы жылдың 19-сентябрь күни Нөкис қаласындағы улыўма билим бериў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған хызметкерлер арасында спорттың бадминтон түри бойынша спорт жарысы өткерилди.
Өткерилген спорт жарысына қаладағы барлық билимлендириў мәкемелеринде жумыс ислейтуғын хызметкерлер қатнасып, өзлериниң физикалық қәбилетин ҳәм шаққанлығын көрсетип, өз-ара беллести. Қызғын бәсеки ҳәм маўасасыз гүреслер астында өткен жарыс хызметкерлердиң спортқа болған қызығыўшылығын және де арттырып, олардың жеңиске болған умтылысын беккемледи. Барлық қатнасыўшылар жарыста жеңимпаз болыў ушын шын кеўилден ҳәрекет етти.
Жарыс жуўмағында жеңимпаз болған қатнасыўшыларға Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлиминиң кеңеси тәрепинен естелик саўғалары ҳәм дипломлар тапсырылады.





Spelling error report
The following text will be sent to our editors: