Нөкис қаласында информацион технологиялары тараўына қызығыўшы жаслар ушын әҳмийетли болған танысыў илажи болып өтти. Бул илаж Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен дүзилди ҳәм жасларды заманагөй IT мүмкиншиликлери менен жақыннан таныстырыўға қаратылды. Илаж шеңберинде қатнасыўшылар Нөкис қаласында жайласқан IT PARK искерлиги менен жақыннан танысты. Оларға усы технопаркте әмелге асырылып атырған жойбарлар, стартаплар ушын жаратылған шәрт-шәраятлар, резидентлер ушын берилип атырған жеңилликлер ҳәм де IT саласында кәсиплик раўажланыў мүмкиншиликлери ҳаққында толық мағлыўматлар усынылды. Соның менен бирге, жаслар IT PARK инфраструктура, заманагөй офислер, оқыў орайлары ҳәм инкубация программалары менен танысып, тараўда жетискенликлерге ерискен қәнигелер менен ушырасыў имканиятына ийе болды.
Илаж қатнасыўшылары бундай ушырасыўлар жаслардың қызығыўшылықларын және де асырыў, оларды келешекте бәсекиге шыдамлы қәниге ретинде қәлиплесиўинде зәрүрли орын тутыўын айтып өтти. Бундай әмелий танысыў илажлары жасларды заманагөй кәсипке бәғдарлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм де инновациялық пикирлеўди раўажландырыўда зәрүрли әҳмийетке ийе болады.
Мағлыўмат ушын: IT PARK — Өзбекстанда информация технологиялары саласын раўажландырыў, стартапларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жас қәнигелер ушын кең мүмкиншиликлер жаратыўға қаратылған инновциялық майдан есапланады.








Spelling error report
The following text will be sent to our editors: