“Кеңес кубоги” жеңимпазлары анықланды

Быйыл елимизде мийнеткешлердиң ҳақыйқый байрамы – кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы ҳәмде 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни жоқары қуўаныш ҳәм көтериңки руўхта белгиленбекте.

Президентимиздиң басламасы менен 2020-жылы қабыл етилген нызамға муўапық, 11-ноябрь Кәсиплик аўқамлары күни деп белгиленген болып, дерлик бес жылдан берли бул байрам елимизде кеңнен белгиленип, мийнеткешлердиң кеўлинен терең орын алмақта. Ол халықтың меҳир-муҳаббаты, миннетдаршылығы ҳәм мийнеткешлерге болған ҳүрмет белгиси болды.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен усы жылдың 7-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы ҳәм «11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» байрамына бағышлап кәсиплик аўқамлары хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түри бойынша “Өзбекстан кәсиплик аўқамылары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси кубоги” спорт жарысы өткерилди.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров, тараўлық кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслықлары, жуўаплы шөлкемлестириўшилери қатнасып, жарыс қатнасыўшыларына әўметлер тиледи.

Күн даўамында спорт жарысы қызғын өтип ҳәм тәжирийбели төрешилер тәрепинен командалық есапта утып шыққан жеңимпазларды анықланды.

Бунда: “Өзбекстан кәсиплик аўқамылары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси кубоги” ушын өткерилген спорт жарысында 3-орынды Өзбекстан Исбилерменлик, бизнес ҳәм саўда хызметкерлери тараўлық командасы, 2-орынды Өзбекстан Биликмендириў ҳәм илим хызметкерлери тараўлық командасы, 1-орынды Өзбекстан мәмлекетлик мекемелери ҳәм жәмийетлик хызмети тараўлық командалары жеңимпаз деп табылды.

Командалық есапта жеңимпаз болған Өзбекстан мәмлекетлик мекемелери ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў тараўлық командасына “Кәсиплик аўқамы кубоги” ҳәмде түрли номинациялар бойынша, соның менен бирге, жеңимпаз командаларға дипломлар ҳәм саўғалар тапсырылды.