Мәмлекетимиз басшысының мәмлекетлик емес ҳәм коммерцияллық шөлкемлерге, әсиресе, Бас нызамымызда жәмәәтлик бирлеспелери сыпатында атап өтилген кәсиплик аўқамларына болған итибары нәтийжесинде мәмлекетимизде 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни сыпатында кең белгиленип келинбекте.
11-ноябрь – “Кәсиплик ауқамлары күни”н белгилеў шеңберинде ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен “Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!” деген идея астында усы жылдың 9-ноябрь күни Қарақалпақстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында республика басшылары, мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқамлары белсендилери қатнасыўында мәдений-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы А.Орынбаев илаж қатнасыўшыларын Кәсиплик ауқамлары күни байрамы менен қутлықлады.
Сондай-ақ, илажға Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслықлары ҳәмде министрликлер қатнасты.
Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 2023-жылдың ис жобасына муўапық сондай-ақ, «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» ис-илажларына муўапық кәсиплик аўқамларының Устав талапларынан келип шығып бир қатар жумыслары ҳаққында айтып өтилди.
Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен бир қатар белсендилер мәмлекетлик сыйлығы менен сыйланды.
Соның менен бирге, “Ҳаяллар дәптери” системасының нәтийжелигин тәмийинлеў ҳәмде ҳаяллардың машқалаларын шешиўде өзиниң пидәкер мийнети менен бәршеге ўлги көрсетип киятығанларды мүнәсип ҳошаметлеў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилген “Ең жақсы мәҳәлле басшысы” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы қатнасыўшысы Бегжанов Бахадир Қосымбетович – Кегейли районы, “Маденият” мәҳәлле пуқаралар жыйыны баслығы, “Ең жақсы сектор басшысы” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы қатнасыўшысы Машарипов Бахром Ибрагимович – Тақыятас районы прокуроры, 2-сектор басшысы, “Ең жақсы жаслар жетекшиси” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы қатнасыўшысы Отамуратов Жасурбек Қурбанбой улы – Әмиўдәрья районы, «Қиличбой» аўыл пуқаралар жыйыны жаслар жетекшиси, “Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы қатнасыўшысы Ибраимова Гулжахан Темирханована – Әмиўдәрья районы, «Назархон» аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси, “Ең жақсы профилактика инспекторы” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы қатнасыўшысы Нурекеев Хамид Полатович – Әмиўдәрья районы, «Бобур» мәҳәлле пуқаралар жыйыны профилактика инспекторы “Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы қатнасыўшысы Абдираманова Шахзада Ниетбаевна – Нөкис қаласы, «Шымбай шайхана» мәҳәлле пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшисилериниң ҳәр бири 30 миллион сўм менен сыйлықланды.
“11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» байрамы мүнәсибети менен ўатанымыздың раўажланыўы ҳәм оның қүдиретин асырыў жолындағы ислерде белсенди қатнасып киятырған, мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық хуқық ҳәм мәплерин қорғаў, кәсиплик аўқамларының абыройын асырыўға мүнәсип үлес қосып атырған бир қатар жерлеслеримиз Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмәәт хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы – Мадреймов Рахман Полатович ҳәмде Нөкис қаласы 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң рус тили ҳәм әдебияты, тәрбия пәнлери оқытыўшысы, кәсиплик аўқам комитети баслығы – Алламуратова Нуржамал Бердибековналар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының “Эҳтиром нишони” көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Соның менен бирге, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен елимиздиң социал-экономикалық раўажланыўына ҳәм халықтың турмыс дәрежесин асырыўға, мийнеткешлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға ҳәмде олардың саламатлығын тиклеўге, мәденият ҳәм спортты раўажландырыўға қосып атырған салмақлы үлеси ҳәм кәсиплик аўқамлары жумысларындағы белсендилиги ушын мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқам белсендилерине Ҳүрмет жарлығы ҳәмде саўғалар менен сыйлықланды.
Илаж көркем-өнер ғайраткери атқарыўында концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: