Нөкис Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийетлик саламатлық техникумының спорт базасында Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары ҳәрекети басланғаныныӊ 120 жыллығы ҳәм де 8-март – «Халық аралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў оқыў орынларында ислеўши ҳаял-қызлар арасында спорттың шашка, дартс ҳәм волейбол түрлери бойынша «Ҳаяллар спартакиадасы» өткерилди.
Спартакиадаға жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў оқыў орынларынан 7 команда қурамында 80 ге шамалас хызметкерлер қатнасты.
Жарыс жуўмағында:
I-орынды Хожели Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийетлик саламатлық техникумы;
II-орынды Қарақалпақстан медицина институты;
III-орынды 2-санлы Нөкис Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийетлик саламатлық техникумы командалары ийелеўге еристи.
Соның менен қатар «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», “Ең шебер ҳәўескер қатнасыўшы”, “Жеңиске болған умтылысы ушын”, “Ең жасы киши қатнасыўшы” номинациялары бойыншада жеңимпазлар анықланды.
Спартакиада жуўмағында жеңимпазлар Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң тийисли дәрежедеги дипломлары, медальлары, кубоклары ҳәм де баҳалы саўғалары, сондай-ақ номинациялар жеңимпазларыда дипломлар ҳәм де баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: