Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында 13-февраль күни олимпия ҳәм паралимпия ҳәрекети, қәнигелестирилген ҳәм ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў ҳәмде халықтың физикалық белсендилигин асырыў ис-илажлары ҳаққындағы видеоселектор жыйналысында белгиленген ўазыйпаларды ҳәмде 2025-жыл 18-февраль күнги Өзбекстан суў спорты Федерациясының гезектеги конференциясында бир қатар тапсырмалар белгилеп берилди.
Сол ўазыйпа ҳәм тапсырмалардың орынлаўын тәмийинлеў мақсетинде 2025-жыл 21-февраль күни Өзбекстан суў спорт Федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң гезектеги жыйналысы болып өтти.
Мәжилисте Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, Өзбекстан суў спорт Федерациясы Қарақалпақстан бөлими баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ўәкили, Өзбекстан суў спорт Федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры А.Қалилаев ҳәм жүзиў бойынша тренер-устазлары қатнасты.
Өзбекстан суў спорт Федерациясы Қарақалпақстан бөлими баслығы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты У.Жалменов, Өзбекстан суў спорт Федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң бүгинги күнге шекем алып барылған жумыслары ҳәмде жүзиў бассейнлери ҳалатлары сондай-ақ, суў спорты жарысларына таярлық дәрежелерин жәнеде асырыў, спортшыларымызды жарысларға алып шығыў ҳәм суў спортына жасларды кеңнен қамтыў мәселелери ҳаққында сөз жүритти.
Илаж даўамында Өзбекстан суў спорт Федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң жумысларын шөлкемлестириў ҳәм ҳәрекетлениў «Жол картасы»н ислеп шығыў бойынша мәселелер белгилеп алынды.
Сондай-ақ, жүзиў спорт түри бойынша өткерилетуғын чемпионат кубок жарысларына таярлық көриў ҳәмде жарыс нәтийжелерине жуўапкер етип Өзбекстан суў спорт Федерациясы Қарақалпақстан бөлимине Кудайбергенов Ислам Ниетбаевич Қарақалпақстан Республикасы бойынша аға тренери ҳәм жаслар тренери етип Матрзаев Жавохир Ғайрат улы сайланды.
Илаж жуўмағында қатнасыўшылардың пикир усыныслары тыңланды ҳәмде өз сораўларына басшылар тəрепинен толық жуўаплар алды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: