Бозатаўда жаңа санаторияның ирге тасы қойылды

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтыӊ 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз сегизинши сессиясында берилген тапсырмалар ҳәм 2020-жыл 8-октябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўда ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған илажлар ҳаққында”ғы 73-санлы мәжилис протоколынын 103-бәнтине муўапық, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен Бозатаў районында 2021-жылы санатория қурыў бойынша ўазыйпа белгиленген еди.

Бозатаў районы ҳәкиминиӊ 2020-жыл 13-ноябрьде “Санатория объектин қурыў ушын жер майданын ажыратып бериў ҳаққында”ғы 11-979-санлы қарары қабыл етилди ҳәм Бозатаў районы «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында санатория қурыў ушын жер орын ажыратылды.

Бозатаў районы “Еркиндәрья” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында  санаторияның иргетасы 2023-жылы 10-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Орынбаев Аманбай Тлеубаевич, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерацияси Кеңеси Баслығының орынбасары Қирғизалиев Қобилжон, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерацияси Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор Жалменов Улықбек Абылаевич, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерацияси Санатор-Курортлар басқармасы баслығы Ахмедов Анвар Михмонович ҳәм Бозатаў районы ҳәкими Алланиязов Камал Аманбаевич тәрепинен қаланды.

Санаторийдың иргетасын қалаў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары Данияров Абат Сапарбаевич, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының капитал қурылыс басқармасы баслығы Фозилов Ҳайдар Инамович, орынбасары Турсунов Ҳамид Шамшиевич, “Касаба лойиҳа” ЖШЖ директоры Ибрахимов Қайрат Абдумуминович, “Касаба қурилиш” ЖШЖ директориУсмонов Хусан Абдувахабович,Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы орынбасары Данияров Муратбай Қуўанышбаевичлар ҳәм район зыялылары, нуранийлер ҳәм аўыл пуқаралары қатнасты.