2026-жыл, 2-апрель, Нөкис қаласында, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан кеңеси баслығы, «Олий Мажлис фахрий депутаты» ҳәм Қарақалпакстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳурметли атақларының ийеси, Жоқарғы Кеңес депутаты Жалменов Улыкбек Абылевич қатнасында медицина тараўындағы жумыс алып барып атырған ҳәм тәлим алып атырған жаслар менен ушырасыў өткерилди.
Бул ушырасыўда жас қәнигелер ҳәм студентлер менен туўрыдан туўры сәўбетлесилди, пикир ҳам усыныслар тыңланды ҳәмде тараўдағы әҳмийетли маселелерди додаланды.
Ушырасыў даўамында қатнасыўшыларға медицина тараўында жаратылып атырған имканиятлар, мийнет шараятларын жақсылаў, жас кадрларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди. Соның менен бирге, жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алып, тараўдағы машқалалар ҳәм усынысларын еркин баян етиў имканиятына ийе болды.
Илаж жуўмағында жемисли мийнет етип атырған бир қатар жаслар Ҳүрмет жарлықлар менен сыйлықланды.








Spelling error report
The following text will be sent to our editors: