Жеңимпазлар анықланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 30 октябрь күни “Саламат турмыс тәризин үгит насиятлаў ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў ис илажлары ҳаққында”ғы ПП-6099 санлы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен районлық Кеңеслери арасында спорттың киши-футбол түри бойынша 2024-жыл 27 август күни жарыс өткерилди.

2024-жыл 27 август куни Нөкис қаласындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети спорт майданында өткерилди. Жарыс Нызамына муўапық 1/8 финалға Қанликөл, Мойнақ, Кегейли, Амудария, Қараөзек, Тахтакөпир, Шоманай ҳәм Нөкис районлық Кеңеслери командалары қатнасты.

Өз ара беллесип 1 ҳәм 2 орынды алып шыққан командалар  өз-ара 1/4 финал басқашында Қанликөл, Мойнақ, Амудария ҳәм Нөкис районлық Кеңес командалары 1 орын ушын беллести.

Финал басқышында Нөкис районлық Кеңеси командасы сыйлы 1 орынды, Қанликол районлық командасы 2 орынды, Мойнақ район Кенеси командасы 3 орынды ийелеўге еристи.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар ҳәм 4 номинация бойынша ең жақсылары деп таўылған жарыс қатнасыўшылары жарыс шөлкемлестириўшилери тәрепинен естелик саўғалар ҳәм Қарақалпақстан Кеңеси ҳурмет жарлығы менен сыйлықланды.

Жарыста жәми 84 хызметкер қатнасты. Жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Р.Мадреимов ҳәм шөлкемлестириў жумыслары бөлим менгериўшиси М.Атамуратовалар қатнасты.