Халықаралық мийнет шөлкеми тәрепинен 2002-жылдан берли 12-июнь сәнеси «Халықаралық балалар мийнетине қарсы гүресиў күни» сыпатында ҳәр жылы кең түрде белгиленип келинбекте.
Усы жылыда сәне мүнәсибети менен бир қатар илажларды әмелге асырыў режеси белгилеп алынған.
12-июнь – «Халықаралық балалар мийнетине қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси басламасы менен усы жылдың 12-июнь күни Нөкис қаласындағы «Арал» балалар дем алыў ҳәм саламатластырыў орайында руўхый-ағартыўшылық ҳәм спорт илажлары өткерилди.
Өткерилген илаж Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) тәрепинен алға қойылып атырған «Балалар мийнетине қызыл карточка: балалар ушын әдил ойын, үлкенлер ушын мүнәсип мийнет!» сүрени астында шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кеңесиниң Мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт ислери бөлими қәнигеси Б.Мунназаров ҳәм Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлими кеңесиниң баслығы М.Даулбаевлар қатнасып, бүгинги сәне менен дем алып атырған балаларды қызғын қутлықлап, балалар мийнетине қарсы гүресиўдиң бүгинги күндеги әҳмийети, елимизде жас әўлад ушын жаратылып атырған шексиз имканиятлар ҳаққында ҳәр тәреплеме тоқтап өтти.
Илаж даўамында дем алыў орнында дем алып атырған балалар арасында спорттың шашка, стол тенниси түрлеринен жарыслар ҳәм еркин темада сүўрет салыў бойынша көрик-таңлаў өткерилди. Өткерилген жарыслар ҳәм таңлаўлар жуўмағында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери анықланып, оларға бөлимше кеңеси тәрепинен таярланған диплом, баҳалы саўғалар ҳәм оқыў қураллары топламы тапсырылды.
Сәне мүнәсибети менен өткерилген илажлар дем алып атырған балаларда үлкен тәсир қалдырды.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: