Балалардың жазғы дем алысы ҳәм саўаландырыўы шөлкемлестириўшилериниң Әнжуманы

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен усы жылдың 27-август күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәжлислер залында балалардың жазғы дем алысы ҳәм саўаландырыўы шөлкемлестириўшилериниң Әнжуманы өткерилди. Әнжуманда балаларды дем алдырыў ҳәм саўаландырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Муўапықластырыўшы топары ағзалары, тийисли министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлериниң ўәкиллери, балалар дем алыс орайларының басшылары ҳәм хызметкерлери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикалық Муўапықластырыўшы топар баслығының орынбасары, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор Улықбек Жалменов Республикамыз аймағында жаз мәўсиминде жәми 80 балалар дем алыс орайларында 23 мың 566 бала (Соннан; 11 қаладан тысқарыдағы орайларда 6 мың 816 бала (соннан, 2 мың 662 бала кәсиплик аўқамлары есабынан, 90 бала Меҳрийбанлық үйи тарбияланыўшылары ҳәмде бағыўшысын жоғалтқан ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың 2 мың 369 перзентлери, жәми 2 мың 459 бала, ҳәкимликлер есабынан 1 мың 695 бала), 69 мәденият ҳәм спорт саўаландырыў орайларында 16 мың 750 балалар) саўалландырылғанлығы ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы бойынша жазғы мәўсимде балалардың дем алысын шөлкемлестириў ҳәм өткизиўде белсендилик көрсеткен Нөкис қаласында жайласқан “Туран” балалар дем алыс орайы баслығы Нуратдинов Қыдырбай «Ең жақсы балалар дем алыс орайы баслығы» номинациясы бойынша, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясына қараслы Мойнақ районында жайласқан “Ақ кеме” дем алыс орайы жәмәәти “Ең жақсы дем алыс орайы-2021” номинациясы бойынша, Беруний районында жайласқан “Роҳат” балалар дем алыс орайы баслығы Мамутов Шукурулло “Ең жақсы жуўаплы шөлкемлестириўши” номинациясы бойынша, Елликқала районында жайласқан “Арал балалары” дем алыў орайының тәрбияшысы Реимбаева Феруза “Ең ғамхор тәрбияшысы” номинациясы бойынша, Тақыятас районында жайласқан “Айдын жол” балалар дем алыс орайының спорт шынықтырыўшысы Курбанбаев Мухаммедин «Ең жақсы спорт шынықтырыўшысы» номинациясы бойынша, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесине қараслы Төрткүл районында жайласқан “Лочин” балалар дем алыў орайының дөгерек басшысы Зарипова Азиза «Ең шебер дөгерек басшысы» номинациясы бойынша, Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлық хызмети басқармасының бөлими баслығы Ерлепесова Гульчехра «Ең жақсы медицина хызметкери» номинациясы бойынша;

Елликқала районында жайласқан “Арал балалары” балалар орайының аспазы Муртазаев Саламат “Ең жақсы аспаз” номинациясы бойынша, Нөкис қаласында жайласқан “Арал” балалар дем алыс орайының жетекшиси Сапарова Айзада «Ең белсенди жетекши» номинациясы бойынша, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Хуқықбузарлық профилактикасы басқармасы бөлимшеси баслығы подполковник Ибрагимов Кеунимжай «Ең белсенди ишки ислер уйымлары хызметкери» номинациясы бойынша, Беруний районы ҳәкими Сапарбаев Атабек “Ең жанкүйер ҳәким” номинациясы бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң қымбат баҳалы саўғалары ҳәмде дипломлар менен сыйлықланды.