2023-жылдың жаз мәўсимин шөлкемлестириў ҳәмде оны өткериў бойынша аймақлық семинар өткерилди

Усы жылдың 27-май күни Тақыятас районындағы “Айдын жол” дем алыў орайында Балаларды дем алдырыў ҳәм саўаландырыў бойынша Республикалық комиссия ағзалары, кәсиплик аўқамлары белсенделери, тийисли министрликлер, шөлкемлер ҳәмде мәкемелердиң басшылары, балалар дем алыў орайлары баслықлары, тәрбияшылар, жетекшилери қатнасында “2023-жылдың жаз мәўсимин шөлкемлестириў ҳәмде оны өткериў бойынша аймақлық семинар”ы болып өтти.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-ноябрьдеги “Балалардың дем алыўын системалы шөлкемлестириў ҳәм саўаландырыў жумысларын жәнеде жеделлестириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-427-санлы қарар тийкарында Балалардың дем алыўы ҳәм саўаландырыўын шөлкемлестириў департаменти ҳәмде онын аймақлық басқармалары шөлкемлестирилгени, сондай-ақ, усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  2023-жыл 27-февраль күнги 84-санлы қарары ҳәмде Балалардың дем алыўы ҳәм саўаландырыўын шөлкемлестириў департаменттиң 2023 жыл 7-марттағы 1-10 “с”-санлы қарары ҳәм Ис-иләжлер режеси қабыл етилгенлиги ҳәмде әмелге асырылған жумыслары ҳаққында айтып өтилди.

Атап айтқанда, Президент қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасындағы “Ақ кеме”, “Арал балалары”, “Ақ кептер” (ески Лашын), “Айдын жол”, “Туран” ҳәм “Жеткиншек” орайлары Департаментке бийғәрез өткерилди.

Соның менен бирге Қарақалпақстан Республикасы бойынша мектеп оқыўшыларынан 7 жастан 14 жасқа шекемги жәми балалар саны 281 мың 402 баланы қурайды, соның ишинен 23660 бала республикамыз аймағындағы дем алыс орайларында, яғный жәми балалар санының 9 пайызы быйылғы жылы саўаландырылады.

Республикамыз аймағында 2023-жыл 11 стационар түрдеги балалар дем алыў орайларында жәми 6910 баланы саўаландырыў режелестирилип, соннан: кәсиплик аўқамлары қәрежетлер есабынан 6 орайда 5000 баланы ҳәмде жергиликли ҳәкимликлер, хожалық органлары ҳәм қәўендерлер есабынан 5 оқыў мәкемелерде жанында шөлкемлестирелетуғын орайларында 1910 баланы саўаландырыў режелестирилген.

Балалар дем алыў орайларында алыс ҳәм шетки аймақларда жасаўшы “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери”, “Жаслар дәптерлери”не киритлген ҳәмде мәҳәллелерде бағыўшысын жоғалтқан ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың 3000 перзентлерин қамрап алыў режелестирилген.

15 Шаңарақ балалар үйлеринде тәрбияланып атырған 7 жастан 14 жасқа шекем болған 64 баланы Мойнақ районындағы “Ақ кеме” балалар дем алыў орайында дем алдырыў ҳәм саўаландырыў бойынша анық ис-иләжлер белгиленип алынды.

Стационар түрдеги орайларға ҳәмде Мәденият ҳәм спорт саўаландырыў орайлары усы жылдың 2-июнь күни 1-гезекке оқыўшылар қабылланады.

Семинар даўамында балалардың жазғы дем алысын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында тийисли министрликлер, шөлкемлер ҳәм ведомстволардың ўәкиллери шығып сөйледи ҳәмде сораў-жуўап болыўы нәзерде тутылмақта.