«7-апрель – Дүнья жүзлик саламатлық күни»

Дүньяжүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеми 1948-жыл 7-апрель күни шөлкемлестирилген. Усы сәне Дүньяжүзлик саламатлық күни сыпатында пүткил дүньяда байрам қылынады, түрли акция ҳәм илажлар өткериледи. Соның менен бирге, елимизде кең халық қатламын қамтып алыўшы киши марафон, спорт жарыслары шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПФ-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026 жылларға арналған Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясының “Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы”нда әмелге асырыўда мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстaн кәсиплик aўқaмлaры Федерaциясиниң Қарақалпақстан Кеңесиниң 2022-жылға мөлшерленген ис-илажлар бағдарламасына муўапық «7-апрель – Дүньяжүзлик саламатлық күни» мүнәсибети менен жүриў марафоны өткерилди.

Жүриў марафоны Нөкис қаласындағы Дослық каналы бойлап басланып «Туран» стадионында жуўмақланады, онда 1000 ға жақын кәрхана ҳәм шөлкемлерде ислеп атырған жаслар белсене қатнасты. Стадионда марафон қатнасыўшылары азанғы дене шынығыўлары менен даўам еттирди.