Комитетке мүнәсип баҳа берилди

2025-жыл, 12-февраль күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси мәжилислер залында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси аппаратының хызметкерлери қатнасыўында, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси жумыс бериўши ҳәм кәсиплик аўқамы арасында 2023-2025 жыллар ушын қабыл етилген жәмәәтлик шәртнаманың 2024-жылда орынланыўы ҳәм есабат-сайлаў жыйналысы болып өтти.

Жыйналыста 2024-жылда жәмәәтлик шәртнаманың орынланыўы бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы ў.ў.а. М.Данияров ҳәм кәсиплик аўқам комитети баслығы Б.Утепбергеновтың есабатлары тыңланды ҳәмде жәмәәтлик шәртнаманыӊ орынланыўын қадағалаўшы комиссиясыныӊ дәлалатнамасы менен таныстырылды.  Күн тәртибиндеги мәселе жыйналыс қатнасыўшылары тәрепинен додаланып жыйналыс қарары менен жәмәәтлик шәртнаманыӊ 2024-жылда орынланыўы қанаатландырарлы деп табылды ҳәм жыйналыс жабық деп жәрияланды.

Соңынан, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Уставы ҳәм Қарақалпақстан Кеңесиниң Режесине тийкар кәсиплик аўқам органы 5 жыл мүддетге сайланыўы белгилеп қойылғанлығы ҳәм бул мүддет кәсиплик аўқам органында 2025 жыл февраль айында тамамланыўына байланыслы Кеңес кәсиплик аўқам шөлкеминиң есабат-сайлаў жыйналысы ашық деп жәрияланды.

Өзбекстан мәлекетлик мекемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси есабат-сайлаў конференциясына делегат сайлаў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылып тийисли қарарлар қабыл етилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси басланғыш кәсиплик аўқам комитетиниң 2020-жыл февралдан 2025-жыл февралға шекем болған дәўирдеги жумысларының жуўмақлары ҳәм хызметкерлердиң социаллық-экономикалық ҳуқуқ ҳәм мәплерин қорғаўдағы алдағы  ўазыйпалар ҳаққында комитет баслығы Бекполат Утепбергенов, Тексериў комиссиясы ағзасы Өтениязов Камилжанның есабаты тыңланып жыйналыс қатнасыўшылары тәрепинен сын көз қарастан додаланып, жарыс сөзге шығыўшылардың пикир ҳәм усыныслары тийкарында  2020-жыл февраль ҳәм 2025-жыл февраль айлары аралығында Кеңес кәсиплик аўқам комитетиниң жумысларына “қанаатландырарлы” баҳа берилди ҳәм тексериў комиссиясының есабаты тастыйықланды.

Сайлаўларға келгенде, сайлаўларды Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Бас Кеңес мәжилисиниң 2024-жыл, 21-декабрдеги IX-3 санлы «Өзбекстан кәсиплик аўкамлары Федерациясы қурамындағы кәсиплик аўқамлары шөлкемлеринде есабат-сайлаўларды өткериў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған «Өзбекстан кәсиплик аўкамлары Федерациясы қурамындағы кәсиплик аўқамлары органларында есабат-сайлаўларды өткериў ҳаққындағы Реже” талаплары тийкарында комитет баслығы альтернатив тийкарда, жасырын даўыс бериў жолы менен қалған мәселелер ашық даўыс бериў жолы менен өткериў мақулланды.

Жасырын даўыс бериў жолы менен Кеңес мийнет техник инспекторы Утепбергенов Бекполат Алланазарович 5 жыл мүддетке Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси кәсиплик аўқамы комитети баслығы етип сайланды.

Соңынан ашық даўыс бериў жолы менен комитет ағзалары, Тексериў комиссиясы қурамы, баслығы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик мекемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси есабат-сайлаў конференциясына делегат сайланды.

Күн тәртибиндеги мәселелер толығы менен көрип шығылды. Жыйналыс басқарыўшы жыйналыстың өтиўи бойынша жыйналыс қатнасыўшыларынан пикир усынысларын сорады. Пикир усыныслар болмады. Жыйналыс жабық деп жәрияланды.