2025-жыл 10-февраль күни Қоңырат районындағы Устюрт газ қазып шығарыў басқармасы басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеминиң есабат-сайлаў конференциясы ҳәмде жәмәәт шәртнамасының додалаўы өткерилди. Усы конференцияда Өзбекстан Энергетика, нефт-газ санааты ҳәм геология хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңесиниң бөлим баслығы Ф.Махмудов, Федерацияның Қарақалпақстан Кеңеси баслығы орынбасары М.Данияров, “Ўзбекнефтгаз” АЖ HR-департаменти эксперти А.Артыкниязов, “Ўзбекнефтгаз” АЖ бирлескен кәсиплик аўқам комитети бас қәнигеси А.Хамроев ҳәмде басқарма директоры орынбасары М.Сейтназаровлар қатнасты.
Жәмәәтте 754 кәсиплик аўқам ағзалары бар болып, есабат-сайлаўдың дәслепки жыйналыслары кәрхана цех жәмәәтлеринде өткерилип, басланғын шөлкемниң конференциясына делегатлар сайланды. Басқарма жәмәәти атынан сайланған 44 делегат қатнасында өткерилген есабат-сайлаў конференциясы жүдә қызғын ҳәм дадалаўларға баай болды.
Конференцияда дәслеп жәмәәт шартномасының 2024-жылдың орынланыўы бойынша басқарма баслығы орынбасары М.Сейтназаровтың есабаты тыңланды. Ис бериўши жыл даўамында хызметкерлерге мийнет шәраятларын жақсылаўға қаратылған бир қанша жумыслар әмелде асырылғанлығы, бәрше хызметкерлер бийпул медициналық көриктен өткерилгенлиги, хызметкерлердиң ис стажына қарап хошаметлеў, басқышпа-басқыш оқытыў, кәрханад бийпул аўқатланыў шөлкемлестирилгенлиги ҳәм арнаўлы кийим-кеншек пенен тәмийнленгенлигин санларды айтып өтти.
Өз нәўбетинде, кәсиплик аўқамларының жәмәәт шәртнамасы бәнтлериниң орынланыўында алып барған жумыслар, экспертиза комиссиясының жәмәәт шәртнамасы орынланыўы бойынша есабатларды тыңлады. Конференция делегатлары тәрепинен жәмәәт шәртнамасына киритилетуғын қосымша ҳәм өзгерислер жүзесинен усыныслар билдирилди. Усылардан, кәсиплик аўқам комитетине хызметкерлер ортасында спорттың ғалаба түрлери бойынша жарысларды турақлы өткериў усыныслары билдирилди.
Конференцияда кәсиплик аўқам комитети баслығына талабанлар алтернатив тәризде көрсетилип, Жумабаев Бахтияр кәсиплик аўқам комитети баслығына, басқарма үлкен есапшысы А.Абдижамилов кәсиплик аўқам шөлкеми тексериў комиссиясы баслығына сайланды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: