Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм улыўма түрдеги мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 21-октябрь — “Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн” мүнәсибети менен байрам илажлары болып өтти.
Бул руўхый-ағартыўшылық иләжлары Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамының Нөкис қалалық бөлимшеси ҳәм билимлендириў мәкемлери басшылары менен биргеликте жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Билимлендириў мәкемелеринде “Тил-қәлбимиз, мақтанышымыз, келешегимиз”, “Ана тили-мақтанышым” атамаларындағы кешелерде миллий қәдириятларымыз ҳәм ана тилимиздиң бийбаҳа байлығы жырланды.
Илаждың тийкарғы мақсети өсип киятырған жас әўлад қәлбинде ана тилимизге, миллий өзлигимизге ҳәм мәдений мийрасымызға шексиз муҳаббат және ҳүрмет сезимлерин камалға келтириўден ибарат болды. Орынларда өткерилген иләжларда шығып сөйлегенлер өзбек тилиниң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы орны, оны қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў ҳәр бир пуқараның, атап айтқанда, жас тәрбияланыўшылардың ийгиликли миннети екенин айрықша атап өтти.
Иләж даўамында билимлендириў мәкемелериндеги педагог хызметкерлер, оқыўшылар тәрепинен ана тилимизди жырлайтуғын тартымлы қосықлар ядтан оқылды, уллы алымлардыӊ шығармаларынан үзиндилер көрсетилди. Оқыўшылардың атқарыўындағы аяқ ойынлар жыйналғанларға шексиз заўық бағышлап, мәкемелерде ҳақыйқый байрам кейпиятын қәлиплестирди.
Илаж соңында педагог хызметкерлер ҳәм оқыўшылардың белсене қатнасыўы, жоқары таланты ҳәм ана тилимизге болған қызғын садықлығы барлық қатнасыўшыларда мақтаныш сезимин оятты.
Жас әўладтың тәрбиясы жолында жанкүйерлик көрсетип киятырған пидайы устаз ҳәм тәрбияшыларға Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеӊеси атынан миннетдаршылық билдирилип, олардың келешектеги машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларында табыслар тиледи.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: