Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ-жай коммунал хожалығы министрлиги ҳәм “Қаракалпақ Цемент” ЖШЖ шөлкеминде 11-ноябрь – «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» мүнәсибети менен хызметкерлер қатнасыўында сәўбет тәризинде илаж өткерилди.
Илажға Транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңесиниӊ мийнет қәўипсизлиги бойынша бас қәнигеси Дилдора Ходжаева ҳәм Транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Гулмира Палўаниязова қатнаста 11-ноябрь «Өзбекстан кәсиплик аўқамлари» күни ретинде рәсмий белгилениўи ҳаққында сөйлеп, байрам менен барлық хызметкерлерди қызғын қутлықлади.
Соның менен бирге, ҳәзирги күнде ел басшымыз тәрепинен мәмлекетимизде жаратып берилип атырған шараятларға тоқталып өтти. Илаж даўамында кәсиплик аўқамлары искерлиги ҳәм де өндириске тийисли әмелге асырылып атырған реформалар бойынша да сөз жүритилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: