Соңғы жылларда мәмлекетимизде кексе әўлад ўәкиллерин социаллық қорғаў, оларға итибар ҳәм ғамхорлықты күшейтиў, жасаў шараятларын жақсылаў, мазмунлы турмыс кешириўин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылып, усы жумысларда кәсиплик аўқамлары да белсене қатнаспақта.
Кәсиплик аўқамлары тәрепинен ҳәр жылы кекселерди руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў, олардың мәдений дем алыўларын, тарийхый қала ҳәм зиярат орынларына саяхатларын шөлкемлестириў ҳәм системадағы санаторийларда денсаўлықларын беккемлеў жумысларын әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда Қарақалпақстан Республикасы аймағында жасаўшы Нураныйларды Хорезм ўалаятындағы «Хонқа» санаториясына ҳәмде Ташкент қаласындағы «Кохинур» санаторияларына бийпул жоламалар берилип, олардың кеўилли дем алыўы шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы Рафиқов Қудратулла Мирсагатович усынысы менен Бозатаў район аймағындағы жәми 28 нураныйларды Ташкент қаласындағы “Чинобад-Плаза” санаториясында бийпул саўаландырыў ушын 27-июль күни медицина хызметкерлери бақлаўында Нөкис темир жол вокзалынан шығарып салында.
Нураныйларымызды саўаландырыўдан тысқары Ташкент қаласындағы дыққатқа ылайықлы орынларына саяҳатлары ҳәмде мәдений дем алыў орынларына алып барыўлары шөлкемлестириледи.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: