“Кәсиплик аўқамлары күни”не бағышланған спорт жарыслары

11-ноябрь “Кәсиплик ауқамлары күни”н белгилеў шеңберинде “Қарақалпақстан аймақлық электр тармақлары кәрханасы”ның кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен “Қарақалпақстан аймақлық электр тармақлары кәрханасы кубогы” киши футбол бойынша спорт жарыслары шөлкемлестирилди.

Жарыслар 4 басқышта ҳәм финал ойыны Нөкис қаласындағы спорт комплекс майданшасында өткерилди.

Биринши орынды Жоқары кернеўли тармақлар хызмети, екинши орынды Подастанциялар хызмети ҳәм үшинши орынды “Қарақалпақстан аймақлық электр тармақлары кәрханасы”ның Қанлыкөл районлық филиалының командалары ийеледи.

Жеңимпазлар кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен диплом, медаль қымбат баҳалы саўғалар менен хошаметленди.