Министрликте есабат-сайлаў ҳәм жәмәәтлик шәртнаманың орынланыўы бойынша жыйналыс өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мǝжилислер залында 2024-жыл даўамында жәмәәтлик шәртнама бәнтлериниң ис бериўши ҳәм кәсиплик аўқам комитети тәрепиннен орынланыў жуўмақлары ҳәмде 2020-жылдың февраль айыннан 2025-жылдың февраль айына шекемги дәўирдеги кәсиплик аўқам комитети тәрепиннен ислеген жумыслары бойынша есабат-сайлаў жыйналысы өткерилди.

Бунда Өзбекстан транспорт жол ҳәм капитал қурылыс,қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик ауқамы Республика Кеӊеси баслық орынбасары Султанов Бахадыр Фазылович, Өзбекстан транспорт жол ҳәм капитал қурылыс,қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик ауқамы Қарақалпақстан Республика Кеӊеси баслығы Палуаниязова Гулмира Турғанбаевналар қатнасты. Жыйналыста министрлик ҳәм кәсиплик аўқамы арасында дүзилген жәмәәтлик шәртнамасы бәнтлериниң орынланыўы бойынша ҳәр еки тәрептиң есабатлары тыңланды. Жыйналыста жәмәәтлик шәртнамасы бәнтлериниң 2024-жылда орынланыўы қанаатландырарлы деп қарар қабылланды. Буннан кейин министрлик кәсиплик аўқам комитетининң есабат-сайлаў бойынша күн тәртибиндеги 2020-жыл февраль айынан 2025-жыл февраль шереги аралығында орынланған жумыслар бойынша кәсиплик аўқамы комитети есабатлары тыңланды Соның менен бирге жыйналыста басланғыш кәсиплик аўқамы басланғыш шөлкем баслығын ҳәм комитети қурамы сайлаў мәселеси көрип шығылды.

Жыйналыс күн тәртибиндеги мәселелер бойынша жуўапкерлердиң есабатлары оқып еситтирилип, мәселелер додалап алынды. Өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумысларға есабат берилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.