КӘСИПЛИК АЎҚАМЛАРЫ «НУРЛЫ МӘКАН» МЕКТЕП-ИНТЕРНАТЫНДА

Мәмлекетимизде «11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» 2021-жылдан баслап, ҳәр жылы кең белгиленип келинбекте. Байрам илажлары барлық буўындағы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери басшылығында кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде, сондай-ақ, қалалық, районлық ҳәмде Республика көлеминде өткерилмекте.

Байрам мүнәсибети менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы системасында түрли көрик-таңлаўлар жеңимпазларын, пидәйи мийнетлери менен елимиздиң раўажланыўына, кәсиплик аўқамлары жумысларын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған ҳәр түрли тараў хызметкерлерин қәдирлеў ҳәм сыйлықлаў дәстүрге айланған.

11-ноябрь – ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 2024-жыл 1-10 ноябрь күнлери аралығында «Инсан қәдири ушын, ел-журт бахты ушын!» идеясын өзинде жәмлеген қайыр-сақаўат илажлары өткерилмекте.

Усы жылдың 6-ноябрь күни ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси ўәкиллери ҳәм кәсиплик аўқамлары белсенделери менен биргеликте Нөкис қаласы 10-санлы «Нурлы мәкан» мектеп-интернатыда болып, усы жерде тәрбияланып атырған балалар сондай-ақ, жумысшы–хызметкерлери менен ушырасты ҳәмде мектеп-интернатының искерлиги менен танысты.

Илажда Сенатор, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов қатнасып, мектеп-интернаты тәрбияланиўшылары ҳәмде онда ислеўши хызметкерлердиң ҳал-жағдайлары менен танысып олар менен сәўбетлести.

Мектеп-интернаты 200 орынға мөлшерленген болып, бүгинги күнде 250 оқыўшы ҳәм 223 педагог-оқытыўшылар жумыс алып барылмақта.

Ушырасыў даўамында мектеп-интернатында ислеўши алдынғы қатардағы хызметкерлерге ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәмде оқыўшы балаларға бахалы саўғалар берилди.