Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларында басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкемлери баслықлары қатнасыўында «Кәсиплик аўқамлары басланғыш шөлкем жумысларын Устав талаплары тийкарында алып барыў» темасында оқыў семинарлары өткерилди.
Семинарда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары, Қарақалпақстан Кеңес баслығы Улықбек Жалменов қатнасты.
Оқыў семинарларының тийкарғы мақсети — басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлери искерлигин Устав талаплары тийкарында нәтийжели шөлкемлестириў, кәсиплик аўқамы ағзаларының мийнет ҳуқықларының тәмийинлениўи, социал-экономикалық мәплерин қорғаў бойынша кәсиплик аўқам шөлкемлери баслықларының билим ҳәм әмелий көнликпелерин арттырыўдан ибарат.
Семинарларда басланғыш шөлкемлердиң ўазыйпалары, кәсиплик аўқамы жыйналысларын шөлкемлестириў, сайланатуғын органлар искерлиги, ҳүжжетлерди жүритиў, ағзалықты беккемлеў, мийнет нызамшылығына әмел етилиўин тәмийинлеў ҳәмде жумыс бериўшилер менен социаллық шерикликти раўажландырыў мәселелери талқыланды.
Соның менен бирге, қатнасыўшыларға Устав талапларын әмелиятта туўры қолланыў, хызметкерлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, басланғыш шөлкемлер искерлигин жәнеде жетилистириў бойынша әмелий усыныслар берилди.
Семинарлар ашық байланыс ҳәм сораў-жуўаплар тийкарында өткерилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден тәрепинен жуўаплар алды.
Бундай оқыў семинарлар мийнеткешлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаўда зәрүрли әҳмийетке ийе болады.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: