Әмелий жәрдем көрсетилди

Усы жылдың 3-4-апрель күнлери Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тийисли жуўапкер қәнийгелер тәрепинен Елликқала районы тараўлық кеңеслер ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлерге кәсиплик аўқам жумысларын устав талаплары тийкарында алып барыў бойынша әмелий жәрдемлер көрсетилди.

Әмелий жәрдем көрсетиў даўамында кәсиплик аўқам органларында анықланған қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша Кеңес жуўаплы хызметкерлери тәрепинен оқыў-семинар шөлкемлестирилди. Оқыў-семинарда кәсиплик ақўам органлары жумысларын шөлкемлестириўшилик тәрептен беккемлеў, комитет жумысларында ҳүжжетлерди рәсмийлестириў, жәмәәтлик шәртнамаларды қабыл етиў, орынланыўын қадағалаў, мийнетти қорғаў мәселелери, мүрәжәәтлер менен ислесиў, мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт илажларын шөлкемлестириў, кәсиплик аўқам бюджетиниң мақсетли сарыпланыўы ҳаққында түсиниклер берилди.

Оқыў семинарда, Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Жалменов Улықбек Абылаевич, Елликқала районы ҳәкиминиң орынбасары Раджаббаев Усманбек Карамаддиновичлер қатнасты.

Оқыў-семинар жуўмағында қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.