Таңлаў жеңимпазлары анықланды

Алдын хабар берилгениндей кәсиплик аўқамлары Федерациясы Атқарыў комитети, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы ҳәмде тийисли шөлкемлер менен биргеликте 17-18 май күнлери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Жаңа Өзбекстанды өзимиз, өз қолларымыз бенен қурамыз!» сүрени астында өткерилип атырған республикалық эсселер таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Танлаўда Қарақалпақстан Республикасындағы 10 жоқары оқыў орынларынан 3 оқыўшыдан, жәми 30 студент жаслар қатнасты. Еки ярым саат даўамында қатнасыўшылар «Жаңа Өзбекстан мениң көз қарасымда» атамасында өз дөретиўшилик қәбилетлерин жазба түрде сынаўдан өткерди. Төрешилер қурамы тәрепинен ҳәр бир дөретиўшилик жумыслары әдил баҳаланды. Нәтийжелерге көре Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 2-курс студенти Калбаева Гулчеҳра Полат қызы биринши орынды қолға киритти. Сондай-ақ, екинши орын Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациалық технологиялары университети Нөкис филиалы 2-курс студенти Шеримматова Азиза Музаффар кызы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 1-курс студенти Гаппарова Гулёр Улуғбековна үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар ҳәм олардың оқытыўшылары Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен заманагөй смарт телефонлары ҳәмде дәрежели дипломлар менен билан сыйлықланды. Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазлары болған 3 студент 24-27 май күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын таңлаўдың республикалық босқышында қатнасады.