Жаслардың кәрҳанаға сапары

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бир катар студент жасларының Нөкис қаласында жайласқан “IMZO” бренди менен жумыс алып барып атырған, ири ислеп шығарыўшы кәрҳанасына сапар шөлкемлестирилди.

Бул иләжди шөлкемлестириўден мақсет жоқарғы ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары оқыўшыларын киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кең тартыў, келешекте мүнәсип жумыс орнын табыўға көмеклесиў ҳәмде аймағымыздағы ири ислеп кәрҳаналар менен таныстырыў болып табылады.